Бүгин Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшы Төлепберген Қайыпбергеновтың туўылған күни

Ол 1929-жылы 7-май сәнесинде Кегейли районының Шортанбай аўылында (ҳәзирги Нөкис районы аймағында) дүньяға келген.
Оның биринши повести "Секретарь" деген ат пенен басылып шығады. Ең дәслепки гүрриң ҳәм очерклери "Блокнот сөйлейди" деген топламында басылып шықты. Ҳәзирге шекем "Муғаллимге рахмет", "Суўық тамшы", "Уйқысыз түнлер" повестлери, "Қарақалпақ қызы", "Қарақалпақ дәстаны", "Көздиң қарашығы", "Қарақалпақнама" дөретпелери, сондай-ақ ғәрезсизлик дәўирине тийисли "О дүньяға атама хатлар", "Қәлбимниң қамусы", "Туркийнама" ҳәм тағы басқа дөретпелери ҳәзирги қарақалпақ прозасының буннан былай да раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.
1974-жылы Т.Қайыпбергеновқа "Қарақалпақ халық жазыўшысы" деген атақ берилди. Буннан басқа да "Қашқарий" атындағы халықаралық сыйлығының лауреаты, "Ҳүрмет белгиси" ордени, ҳәм қатар медальлар менен сыйлықланды.
2003-жылы ғарезсизлигимиздиң 12-жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновқа, "Өзбекстан қаҳарманы" атағы берилди.
Төлепберген Қайыпбергенов жүреклеримизде мәнги жасайды.