ЕСЛЕЎ БАР ЕКЕН МИЛЛЕТ ЖАСАЙДЫ
156

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәмде Екинши жәҳән урысында ерисилген жеңистиң 81 жыллығы белгиленди.
Байрам мүнәсибети менен пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги майданына мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлар, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ўәкиллери топланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев байрам мүнәсибети менен «Ҳәсиретли ана» естелигине гүлшеңбер қойып, Екинши жер жүзилик урыста қурбан болғанлардың естелигине ҳүрмет көрсетти.
Сондай-ақ, Қураллы Күшлер системасына кириўши структуралар ўәкиллери, мәкеме шөлкемлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери менен жаслар да естеликке гүл қойды.

.jpg)

.jpg)

.jpg)
.jpg)
.jpg)
