Урыс қатнасыўшысы ҳалынан хабар алынып, Президент саўғасы тапсырылды

Карнишина Мария Ивановна 1929-жылда Украинада туўылған. 1944-жылы Армия қатарына шақырылып, урысқа атланған. 1094-санлы Эвакуациялық әскерий бөлим госпиталында хызмет еткен. Бул жерде саўашта жарақат алған жаўынгерлерге медициналық жақтан жәрдем көрсетип, жеңиске өз үлесин қосқан.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев бүгин арамызда өмир сүрип атырған урыс қатнасыўшысы Мария Ивановнаның шаңарағында болды.
Ветеран 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы, сондай-ақ, Екинши жәҳән урысында фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 81 жыллығы менен қызғын қутлықланды ҳәм оған Өзбекстан Республикасы Президентиниң байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди.
Сондай-ақ, жеңиске үлес қосқан қаҳарманлар, фронт артында хызмет еткен ветеранлар, елимиз раўажланыўы жолында мийнети сиңген нураныйлардың ийгиликли ислери барқулла еске алынып, оларға ҳүрмет көрсетилетуғынлығы атап өтилди.
Президентимиздиң тапсырмасы тийкарында Мария Ивановнаға 30 миллион сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық, сондай-ақ, Президент саўғалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи, Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм бир қатар шөлкемлер атынан баҳалы саўғалар тапсырылды.

