Қәллибек Камаловтың бир әсирлик юбилейине арналды

Бүгин Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде «9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» байрамы мүнәсибети менен Қәллибек Камаловтың бир әсирлик юбилейине бағышланған «Үш әўлад ушырасыўы» ҳәм илимий-әмелий конференциясының ашылыў салтанаты өткерилди.
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, кең жәмийетшилик ўәкиллери, нураныйлар, жәмийетлик ғайраткерлер ҳәм жаслар қатнасты.
Илажда атап өтилгениндей, халқымыз ушын бүгингидей турмыс шараятын тәмийинлеў бағдарында көплеген инсанлар пидайы хызмет етип, өз өмирин бағышлаған. Усындай инсанлардың бири сыпатында Қәллибек Камаловтың пидәкерлик хызметлерин көп миллетли халқымыз терең аңлайды ҳәм жоқары қәдирлейди. Ол терең билими, шебер шөлкемлестириўшилик қәбилети менен елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўға мүнәсип үлес қосқан пидайы инсанлардың бири болды.
Президентимиздиң басламасы менен ел ардақлаған нураныйымыздың 100 жыллығын кең түрде белгилеў бойынша Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары қабыл етилип, бул бойынша арнаўлы бағдарлама ислеп шығылды.
Бүгинги өткерилген илаж да мине усы бағдардағы әмелий жумыслардан бири есапланады.
Илаж даўамында Қ.Камаловтың елимиз раўажланыўына қосқан үлеси, пидайы хызметлери кең түрде атап өтилди. Сөзге шығыўшылар оның өмири ҳәм мийнет жолы ҳаққында баянат жасады.
Буннан соң мархумның естелиги ҳүрметине дастурхан жайылды.

.jpg)
.jpg)
.jpg)

