Халықаралық шаңарақ күни кең түрде белгиленди

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 15-май – Халықаралық шаңарақ күни мүнәсибети менен байрам салтанаты өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов шығып сөйлеп, жыйналғанларды сәне мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында шаңарақтың жәмийет турмысында тутқан орнын арттырыў, оны социаллық, экономикалық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, шаңарақларда өз-ара аўызбиршилик, тынышлық, татыўлық орталығын және де күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.
Ҳақыйқатында да, халқымыз әзелден шаңарақты Ўатан ишиндеги Ўатан, жәмийетимиздиң тийкарғы буўыны, миллий қәдириятларымызды өзинде жәмлеген муқаддес дәргай сыпатында айрықша қәдирлеп ҳәм қәстерлеп келген. Ѳйткени, барлық ийгиликли ислер шаңарақтан басланып, оннан мәҳәллеге ҳәм жәмийетке кирип барады.
Салтанатлы байрам илажында қала ҳәм районларымыздағы мәҳәллелеримиздиң үлгили шаңарақ ийелерине «Ибратлы шаңарақ» кѳкирек белгилери тапсырылды. Сондай-ақ, «Жаңа Өзбекстанның ибратлы шаңарағы» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазлары мүнәсип сыйлықланды.
Буннан соң көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.
.jpg)

.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)