ДАҒАЗА

Жоқары оқыў орынларын табыслы тамамлаған билимли ҳәм лидер жасларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесине ашық таңлаў тийкарында жумысқа қабыл етиўдиң биринши басқышы жуўмақланды.
Биринши басқыштың нәтийжелерин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң www.tanlawjk.uz веб-сайты арқалы билиўиңиз мүмкин.
Екинши басқыш, усы жылдың 14-30-май күнлери аралығында тест сынақлары тийкарында өткериледи.
Биринши басқыштан өткен талабанлар төмендеги қосымшада көрсетилген мүддетлерде Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалында тест сынақларына қатнасыўы мүмкин. (Мәнзил: Нөкис қаласы, Ғарезсизлик көшеси 53-жай, бағдар: Асака банк)
Тест сынақлары азанғы саат 09-00 ден 18-00 аралығында өткериледи, қатнасыўшылардан шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет (паспорт) талап етиледи.
Мағлыўмат ушын телефон 61-222-74-77
Дизим бойынша қосымша