«Қарақалпақ жүўери гүртиги» тағамы географиялық көрсеткиш сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы аймағына тән болған «Қарақалпақ жүўери гүртиги» тағамы географиялық көрсеткиш сыпатында Әдиллик министрлиги тәрепинен мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Жүўери қарақалпақлар турмысында зәрүр хожалық ҳәм мәдений әҳмийетке ийе болған дәстүрий егин есапланады. «Қарақалпақ жүўери гүртиги»н таярлаўда төмендеги тийкарғы өнимлерден пайдаланылады: гөш (мал яки таўық гөши болыўы мүмкин), гешир, картошка, пияз, жүўери уны.
📌Географиялық көрсеткиш сыпатында дизимнен өткерилиўи «Қарақалпақ жүўери гүртиги» тағамының аты ҳәм дәстүрий таярлаў технологиясын ҳуқықый қорғайды, сапа стандартларын беккемлейди ҳәм Қарақалпақстанның аймақлық гастрономиялық брендин үгит-нәсиятлаў имканиятын кеңейтеди.
❗️Мағлыўмат ушын: Географиялық көрсеткиш - өнимниң белгили бир аймаққа тийисли екенлигин ҳәм оның өзине тән өзгешеликлери әйне сол аймақ пенен байланыслы екенлигин тастыйықлаўшы интеллектуаллық мүлк объекти болып есапланады.