Хожели районында жаслар менен ушырасыў өткерилди

«Пийшемби - жаслар күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов Хожели районында жаслар менен ушырасты.
Дәслеп Ҳүрметли Президентимиздиң «Қарақалпақстан Республикасында тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў есабынан Жаслар социаллық-экономикалық орайын қурыў илажлары ҳаққында»ғы 332-санлы қарары тийкарында Хожели районында шөлкемлестирилип атырған Жаслар социаллық-экономикалық орайында болып, жасларамыз ушын жаратылып атырған имканиятлар менен жақыннан танысып шықты.
Буннан соң, "Жаслар орайында" әмелге асырылып атырған жумыслар, жасларымыздың бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша ашылған дөгереклер көзден өткерилип, жаслар менен жақыннан пикирлести.
Соның менен бир қатарда, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары бокс мектеби, мәлимлеме-китапхана орайы, "Kingsman" жеке мектеп, мебель ислеп шығарыў "Raxat mebel" кәрханасы, "Dr. Rustem" жеке клиника ҳәм қарамал эмбрионларын "In vitro" усылда таярлаў лабораториясында барды ҳәм барлық шәрт-шараятлар менен танысып шықты.

.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)