Қарақалпақстан делегациясы әмелий сапар менен Қытай мәмлекетине барды

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы тийкарында Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы Қытай Халқ Республикасына әмелий сапар менен барды.
Сапардың дәслепки күнинде Өзбекстан (Қарақалпақстан) - Қытай (Синьцзян) саўда-экономикалық инвестициялық бирге ислесиў бизнес-форумы өткерилди.
Онда Синьцзян-Уйғур автоном районы халық ҳүкимети баслығының орынбасары Чжу Лифан менен ушырасыў өткерилип, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға айрықша итибары менен инвесторлар ушын жаратылған шараятлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Сөйлесиўде тәбийғый ресурсларды қайта ислеў, транспорт ҳәм логистика, аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық бағдарларында жойбарларды әмелге асырыў бойынша дәслепки келисимлерге ерисилди.
Буннан соң рәсмий делегацияның « China railway construction heavy industry Co., Ltd.» компаниясы бас директорының орынбасары Хиао Евен менен ушырасыўы өткерилип, онда Нөкис қаласында аўыл хожалығы техникаларын жыйнаў ҳәм сервис хызметлерин жолға қойыў бойынша меморандумға қол қойылды.
Сондай-ақ, «Xinjiang Zhongtai Chemical Co., Ltd.» компаниясының Бас директоры Ма Венюй менен биргеликте Қарақалпақстанда каустик сода ҳәм поливинилхлорид (ПВХ) өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойыў ҳәм «Dry port» статусына ийе болған Арал логистика орайын шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.
«Xinjiang Goldwind Science & Technology Co., Ltd.» компаниясы Бас директорының орынбасары Чен Жун тәрепинен әмелге асырылып атырған самал электр станциялары ушын мачта ислеп шығарыў жойбарын жеделлестириў мәселелери талқыланды. «Tian feng» кәрханасы менен болған ушырасыўда 40 млн. доллар болған пахта жетистириў шәртнамасына қол қойылды.
Буннан кейин шарўа азықлық базасын жақсылаў, тас унтағынан панель, қурылыс материалларын, кабел, аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў ҳәм басқа да жойбарлар бойынша сөйлесиўлер алып барылды.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
