Аймақлараралық бирге ислесиў мәселелери додаланды

Қарақалпақстан делегациясының Қытай Халық Республикасына сапарының екинши күни әҳмийетли сөйлесиўлер менен өтти.
Соның ишинде, Синцзян-Уйғур автоном районының басшылары менен ушырасыў өткерилди.
Онда еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў беккемленип атырғаны айрықша атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға айрықша итибары менен инвесторлар ушын жаратылған шараятлар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.
Сондай-ақ, аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў ҳәм каустикалық сода ислеп шығарыўды жолға қойыў және басқа да тараўларда әмелий инвестициялық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў бойынша 8 бағдарда усыныслар билдирилди.
Синцзян-Уйғыр халық партиясының хаткери Чен Сяоцзян заманагөй аўыл хожалығы, қәнигелерди қайта таярлаў, жасыл экономика, экология, саўда-экономикалық бирге ислесиў ҳәм туризмди раўажландырыў бағдарында социаллық-экономикалық мәселелерде бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирип, 4 бағдарда қосымша ислесиў бойынша келисип алынды.
Синцзян аўыл хожалығы илимлери академиясы вице-президенти Алиф Ерси менен ушырасыў өткерилип, онда шарўа от-жем базасы ушын егилетуғын өсимликлерди жетистириў бойынша кеңнен бирге ислесиўди жолға қойыў, Қытай тәжирийбесин ең жайдырыў ҳәм аўыл хожалығын раўажландырыў перспективалары белгилеп алынды ҳәм усы бағдарда меморандумға қол қойыўға келисип алынды.
Буннан соң делегация Қытайдың топ 500 аўыл хожалығы кәрханалары қатарына киретуғын "Joinhope Holding group" кәрханасының жумысы менен танысты ҳәм Қарақалпақстанда да кәрхананың жумысын жолға қойыў, онда тийкарынан пахта ҳәм ғәлле, сондай-ақ, шарўа от-жемин егиў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, топырақсыз гидропоника жәрдеминде көк шөп ҳәм декоратив гүллерди жетистириўге қәнигелескен "ЦУА ЖИНЎАНГ" кәрханасының жумысы менен де танысты.
Келешекте еки тәреп қәнигелери арасында турақлы тәжирийбе алмасып барыў системасын жолға қойыўға келисип алынды.
Сапардың екинши күнинде өткерилген ушырасыўлар даўамында улыўма баҳасы 300 миллион долларлық 6 инвестициялық келисим, соның ишинде, Нефт өнимлери, газ, химиялық өнимлер ҳәм олардың көтере саўдасы, Металл конструкциялар, металл есик ҳәм айналар ислеп шығарыў, экспорт-импорт операцияларын әмелге асырыў, электр бағаналарын ислеп шығарыў, крипто-активлерди қазып алыўды (майнинг) шөлкемлестириў бойынша келисимлерге ерисилди.
.jpg)
.jpg)

.jpg)

.jpg)
.jpg)
.jpg)
