Қарақалпақстанға 54 заманагөй электробус алып келиў бойынша келисимге ерисилди

Хабарыңыз бар, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қытай Халық Республикасында әмелий сапар менен болып турыпты.
Сапар шеңберинде делегациямыз жәмийетлик транспортларды ислеп шығарыў менен шуғылланыўшы ири Sichuan Zhongzhi Shenghe Performance Co., Ltd. компаниясына барды.
Компания басшылары менен ушырасыў өткерилип, онда Қарақалпақстан Республикасы ушын Қытайдан 54 электробус ҳәм олар ушын зарядлаў үскенелерин жеткерип бериў мәселелери додаланды.
Ушырасыў даўамында жәмийетлик транспорт системасын модернизациялаў, экологиялық таза транспорт қуралларын енгизиў ҳәм транспорт инфраструктурасын раўажландырыў бойынша пикирлесилди.
Тәреплер арасында улыўма баҳасы 10 миллион АҚШ доллары муғдарындағы жойбарды әмелге асырыў, соның ишинде, 54 электробус ҳәм зарядлаў үскенелерин 2026-жыл
1-августқа шекем Қарақалпақстан Республикасына жеткерип бериў бойынша келисимге ерисилди.
.jpg)
.jpg)


