«Өзбекстан - бирден-бир Ўатан!» атамасында конференция болып өтти

Усы жылдың 28-сентябрь күни Ташкент қаласынан жолға шыққан «Дослық» поезды республикамызда жасап атырған түрли миллет ўәкиллерин Қарақалпақстан Республикасына жәмледи.
Усы мүнәсибет пенен 29-сентябрь күни Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде «Өзбекстан - бирден-бир Ўатан!» сүрени астында елимиздеги барлық миллет ҳәм халық ўәкиллериниң өз-ара теңлиги, аўызбиршилиги және Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына қосып атырған үлесин атап өтиўге бағышланған конференция өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды илаждың ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлады.
Конференцияда Миллетлераралық қатнасықлар комитети, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, «Ватандошлар» жәмийетлик фонды, сырт еллердиң миллетлераралық қатнасықлар бойынша арнаўлы шөлкемлери ҳәм басқа да шөлкемлердиң жуўапкерлери, сондай-ақ, миллий мәдений орайлардың белсендилери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Тийкарғы мақсети жәмийетимизде миллетлераралық татыўлық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, түрли миллет ўәкиллерин бирден-бир Ўатан туйғысы әтирапында бирлестириў, олардың мәмлекетимиздиң социаллық ҳәм мәдений турмысында белсене қатнасыўын қоллап-қуўатлаўдан ибарат болып, мәмлекетимиздиң тийкарғы байлығы көп миллетли халқымыз ҳәм тынышлығымыз екени айрықша атап өтилди.
Конференцияда миллети, тили ҳәм мәдениятына қарамастан, ҳәр бир инсанның елимиздиң раўажланыўына байланыслығын күшейтиў, өз-ара ҳүрмет ҳәм теңлик принциплерин енгизиў, мәдений көп түрлиликти қәстерлеп сақлаў мәселелерине итибар қаратылды.
Әлбетте, «Өзбекстан - бирден-бир Ўатан!» идеясы тийкарында өткерилген бул конференция Ўатанға садықлық сезимин беккемлеў, тынышлық ҳәм татыўлықты қәдирлеў, мәмлекеттиң раўажланыўы жолында аўызбиршиликти күшейтиўге хызмет етти.

.jpg)


.jpg)

.jpg)

.jpg)