Қарақалпақстан жаслары ушын қосымша имканиятлар жаратылды

Мәмлекетлик комиссияның тийисли протоколына муўапық, 2026/2027-оқыў жылы ушын Қарақалпақстанлы жаслар жоқары билимлендириўге кириўде төмендеги 2 қосымша имканиятларға ийе болды.
1️1-имканият:
2026-жыл 2-6-октябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасаўшы ҳәм кириў имтиханларында 68 балл ҳәм оннан жоқары нәтийже көрсетип, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының күндизги тәлим формасына төлемли-контракт тийкарында студентликке усыныс етилген жаслар 500 мақсетли қабыллаў параметрлери ушын дизимнен өтеди.
Дизимнен өтиў my.uzbmb.uz сайты арқалы әмелге асырылады. Онда абитуриентлер студентликке усыныс етилген жоқары оқыў орны ҳәм тәлим бағдары бойынша таңлаўда қатнасады.
Дизимнен өткен абитуриентлер өткерилген кириў имтиханлары нәтийжесине муўапық топлаған баллары избе-излигине қатаң әмел еткен ҳалда мақсетли қабыллаў параметрлерине усыныс етиледи.
2️2-имканият:
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мүрәжатына муўапық Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлиги тәрепинен бакалавриат тәлим бағдарлары кесиминде төлемли-контракт тийкарында ўәлаятлардағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына қосымша 6 500 қабыллаў параметрлери тастыйықланды.
Онда базалық төлемли-контракт тийкарындағы қосымша қабыллаў параметрлери мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына абитуриент сыпатында дизимнен өткен Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлерин тамамлаған, өткерилген кириў имтиханларының нәтийжелерине бола 56,7 ҳәм оннан жоқары балл топлаған, бирақ, студентликке усыныс етилмеген абитуриентлер есабынан қәлиплестириледи.
Таңлаў протоколлары тийисли жоқары оқыў орынларына белгиленген тәртипте рәсмийлестириў ушын жеткериледи.