«Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты өткерилди

Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды кәсиплик байрамы мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз басшылығындағы реформалар нәтийжесинде билимлендириў тараўын раўажландырыў бойынша оғада үлкен нәтийжелерге ерисилмекте. Усы ийгиликли жумыслардың даўамы сыпатында барлық билим ҳәм тәрбия орынларының материаллық-техникалық базасы беккемленип атыр.
Мектеп, бақша, жоқары оқыў орынлары, кәсиплик билимлендириў мәкемелеринде кең көлемли қурылыс-реконструкция жумыслары әмелге асырылып, бул илажлар даўам еттирилмекте.
Ҳүрметли Президентимиздиң «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен билимлендириў-тәрбия системасында айрықша өрнек көрсеткен хызметкерлерден бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында Қарақалпақстаннан бир топар тараў пидайыларының сыйлықланғаны кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышлады.
Бүгинги өткерилген илажда мине усындай ийгиликли жумыслар ҳаққында кең түрде сөз етилди.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары менен бир топар тараў пидайыларына көкирек белгилери, Ҳүрмет жарлығы ҳəм хошаметлеў сыйлықлары салтанатлы түрде тапсырылды.
Байрам салтанаты көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.



.jpg)


.jpg)

