APIO: Сайланды команда ағзалары 4 медальды қолға киргизди!

Азия-Тыныш океаны регионы информатика олимпиадасы (APIO 2025) ның жуўмақлаўшы нәтийжелери жәрияланды.
40 тан аслам мәмлекеттен 900 ге жақын оқыўшы-жаслар қатнасқан олимпиадада Өзбекстаннан 4 жас программист жоқары нәтийжелерди көрсетти:
🥈Райхана Санакулова - Наўайы қаласындағы Президент мектеби оқыўшысы - гүмис медаль;
🥉 Жаҳонали Хайдаралиев - Муҳаммад ал-Хоразмий атындағы қәнигелестирилген мектеби оқыўшысы - бронза медаль;
🥉 Тимур Қадирбергенов - Нөкис қаласындағы Президент мектеби оқыўшысы - бронза медаль;
🥉 Улуғбек Раҳматуллаев - Наманган қаласындағы Президент мектеби оқыўшысы - бронза медаль;
Жарыс усы жылы онлайн тәризде өткерилди. Қатнасыўшылар 5 саат даўамында С++ тилинде қурамалы алгоритмлик мәселелерди шешиў арқалы беллести.
Халықаралық дәрежеде өткерилип атырған бул олимпиадада информатика пәнинен Сайланды командамыз ағзасы Райхана Санакулова дәслепки гүмис медалын қолға киргизди.