“Журт қайғысында 365 күн”

Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2025-жыл даўамындағы көп қырлы жумысы, мәмлекетлик басқарыў, халықаралық дипломатия, экономикалық реформалар, экологиялық турақлылық, социаллық қорғаў, илим, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында әмелге асырған жумысларын ҳүжжетли дереклер, аналитикалық шолыўлар ҳәм фото көринислер тийкарында жәмлеген кең көлемли топлам – «Журт қайғысында 365 күн» китабы баспадан шығарылды.
Басылым жыл даўамында жүз берген сиясий, экономикалық ҳәм социаллық процесслерди белгили хронологиялық избе-излик тийкарында сәўлелендиреди. Китап айлар кесиминде тәртипке салынған болып, ҳәр бир айдың басында Президент жумысының тийкарғы бағдарлары қысқаша жәмленген. Буннан кейин әҳмийетли ўақыялар, сапарлар, ушырасыўлар, видеоселектор мәжилислери, халықаралық сөйлесиўлер, қол қойылған ҳүжжетлер, баслама ҳәм жойбарлар өз алдына бөлимлер кесиминде толық анализленген.
.jpg)