Төрткүл районы 18-санлы мектеп командасы «Жас гвардияшылар» әскерий-спорт жарысының республикалық басқышы жеңимпазы болды

Миллий гвардия Ташкент «Темурбеклер мектеби»нде улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында өткерилип атырған «Жас гвардияшылар» әскерий-спорт жарысының республикалық басқышы болып өтти.
Бул жарыста республикамыздың түрли аймақларынан келген 14 команда қатнасты. Командалар улыўма билим бериў мектеплериниң 9-11-класс оқыўшылары арасынан физикалық жақтан шыныққан, интеллектуаллық потенциалы жоқары ҳәм тәртипли жаслар қурамынан қәлиплестирилди.
Жарыс даўамында қатнасыўшылар 10 шәрт бойынша өз-ара беллести, әскерий-спорт сынақлары арқалы оқыўшылар өзлериниң физикалық таярлығын, шаққанлығын, оператив пикирлеўин ҳәм командалық аўызбиршилигин көрсетти. Беллесиўлер сап таярлығы, эстафета, әскерий көнликпелер, спорт шынығыўлары ҳәм интеллектуаллық беллесиўлерди өз ишине алды.
Онда Қарақалпақстан Республикасынан қатнасқан Төрткүл районы 18-санлы мектеп командасы теңлеслери арасында айрықша таярлығы менен ажыралып турды ҳәм жуўмағында сыйлы 1-орынды ийеледи.
Соны айрықша атап өтиў керек, бул илаж жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларда әскерий тараўға болған қызығыўшылықты арттырыў ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға хызмет етпекте.
.jpg)
.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
