Қытай (Сычуань) - Өзбекстан (Қарақалпақстан) бизнес-форумы шөлкемлестирилди

Қарақалпақстан Республикасы делегациясының Қытай Халық Республикасына рәсмий сапары нәтийжели даўам етпекте. Сапар шеңберинде еки тәреплеме экономикалық байланысларды кеңейтиў мақсетинде Қытай (Сычуань) - Өзбекстан (Қарақалпақстан) бизнес-форумы шөлкемлестирилди.
Бул илажда Сычуань провинциясы Халықаралық саўданы раўажландырыўға жәрдемлесиў кеңеси баслығының орынбасары Ванг Гуанг Жун ҳәм 150 ден аслам ири қытайлы инвестор ҳәм исбилерменлер қатнасты.
Бизнес-форумда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Аралбойы аймағына қаратылып атырған айрықша итибар, исбилерменлик ушын жаратылған қолайлы инвестициялық орталық ҳәм арнаўлы жеңилликлер пакети ҳаққында толық мағлыўмат берди.
Илаж шеңберинде "Ji An Tai International Industries" ҳәм “China Railway Construction Heavy Industry” сыяқлы ири компаниялардың басшылары Қарақалпақстандағы қолайлы бизнес орталығын жоқары баҳалап, кәсиплеслерин аймақ пенен белсене бирге ислесиўге шақырды.
Ушырасыўлар жуўмағында еки тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығатуғын бир қатар әҳмийетли келисимлерге ерисилди. Соның ишинде, Экономикалық раўажланыўда бирге ислесиўди раўажландырыў глобал ассоциациясы менен Нөкис қаласында қытайлы инвесторларды тартыў бойынша арнаўлы офис шөлкемлестириў бойынша меморандумға қол қойылды.
Сондай-ақ, форум шеңберинде шарўашылық, балықшылық, электротехника, геология, аўыл хожалығы, қорғаныў мақсетлеринде дронлар ислеп шығарыў ҳәм мебель санааты бағдарындағы ири компаниялар менен нәтийжели сөйлесиўлер өткерилип, олардың өндирислик қуўатлықларын Қарақалпақстанда жайластырыў мәселелери келисип алынды.
Бизнес-форум жуўмақларына бола, автомобильсазлық, агросанаат ҳәм тоқымашылық тараўларында улыўма баҳасы 245 миллион АҚШ долларына тең болған инвестициялық шәртнамаларға қол қойылды.
.jpg)

.jpg)
