Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Шымбай районы жаслары менен ушырасты

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жаслар менен өткерилген ашықтан-ашық сөйлесиў даўамында ҳәптениң ҳәр пийшемби күни «Жаслар күни» сыпатында белгиленген еди.
Бул баслама жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың машқала ҳәм усынысларын тыңлаў, сондай-ақ, жәмийетлик турмыстағы белсендилигин және де арттырыўға қаратылған әҳмийетли қәдем болды.
Усы бағдардағы әмелий жумыслар қатарында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов Шымбай районында болып, жер майданын дәрамат дерегине айландырып атырған ҳәм өз исбилерменлигин жолға қойып, қосымша жумыс орынларын жаратып атырған жаслар менен ушырасты.
Онда жаслардың өнерментшилик, исбилерменлик, дийқаншылық, өндирис ҳәм шарўашылық бағдарларындағы жумыслары көзден өткерилип, алдағы режелери ҳәм машқалалары тыңланды.
Сөйлесиў даўамында жаслар тәрепинен көтерилген ҳәр қандай усыныс ҳәм басламалар қоллап-қуўатланатуғыны, оларды исбилерменликке кеңнен тартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелий илажлар еледе даўам еттирилетуғынлығы атап өтилди.
.jpg)

.jpg)

.jpg)
