Green & Digital Solutions for Central Asia хакатонында «Enki Vision» командасы жеңимпаз болды

Green & Digital Solutions for Central Asia хакатонының Өзбекстан басқышы жуўмақларына бола, «Enki Vision» командасы 1-орынды қолға киргизди.
Қатнасыўшылар турақлы раўажланыў ушын жасыл ҳәм санлы шешимлер жаратыў жолындағы инновациялық жойбары менен белсене қатнасып, төрешилер қурамы тәрепинен жоқары баҳаланды.
Бул хакатон Орайлық Азия мәмлекетлеринде "жасыл" технологиялар ҳәм санлы шешимлерди раўажландырыў, климат өзгериўи ҳәм экологиялық машқалаларға инновациялық қатнасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилип келинбекте.
Таңлаў даўамында қатнасыўшылар ҳәр қыйлы тараўлар ушын әмелий әҳмийетке ийе болған стартап ҳәм технологиялық шешимлерин усынды. «Enki Vision» командасы тәрепинен усынылған жойбар өзиниң инновациялық көзқарасы ҳәм әмелий әҳмийети менен ажыралып турды.
Төрешилер тәрепинен жойбардың тек ғана технологиялық тәреплери емес, ал оның экологиялық турақлылыққа қосатуғын үлеси де айрықша атап өтилди.
Қолға киргизилген бул жеңис командаға халықаралық финал басқышында қатнасыў имканиятын берди.
Енди «Enki Vision» командасы Қырғызстанда болып өтетуғын финал басқышында Өзбекстан Республикасы атынан қатнасады ҳәм мәмлекет абырайын қорғайды.