Қарақалпақстан делегациясының Қытай мәмлекетине сапары даўам етпекте

Қытай мәмлекетинде әмелий сапар менен болып турған Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы Сиан Санлы технологиялар ассоциациясының басшысы АИ Ю ҳәм санлы технологиялар тараўында жумыс алып барып атырған компаниялардың басшылары менен ушырасыў өткерди.
Онда заманагөй санлы технологиялар, дата орайлары ҳәм санлы инфраструктура тараўында бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды.
Буннан тысқары, аўыл хожалығы, биотехнология ҳәм аграр инновациялар тараўында жумыс алып барыўшы компания басшылары менен ушырасыўлар шөлкемлестирилип, топырақ ығаллығын сақлаўшы биоматериаллар, шөлистанлыққа қарсы гүресиў технологиялары, дәрилик өсимликлерден экстракт алыў, сүт бағдарындағы қарамалшылық, космос технологиялары тийкарында аграр селекция тараўларында бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Усы күнниң өзинде турмыслық техника, қурылыс айналары ҳәм шийше өнимлерин ислеп шығарыў тараўында жумыс алып барыўшы “Shaanxi Tianrun Technology Co., Ltd.” бас директоры Жанг Ерян ҳәм “Taiwan Glass Group” компаниясы басшылары менен ушырасыўлар өткерилип, Қарақалпақстанда турмыслық техника, шийше ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыўды локализациялаў мәселелери бойынша сөйлесиў болып өтти.
Онда, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы аймақта усы тараўлар ушын зәрүр шийки зат базасы ҳәм қолайлы инвестициялық орталық бар екенлигин атап өтип, Қытай компанияларын Нөкис қаласында өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириўге шақырды.
Ушырасыўлар жуўмақлары бойынша бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша бир қатар келисимлерге ерисилди.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
