Каратэ WKF бойынша Өзбекстан кубогының ашылыў мәресими өткерилди
20

Нөкис қаласы 1-санлы спорт мектебинде спорттың Каратэ WKF түринен ер балалар ҳәм қызлар арасында Өзбекстан кубогы болып өтпекте.
Бүгин жарыстың ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға әўмет тиледи ҳәм жақсы нәтийжелерди қолға киргизиўине тилеклеслик билдирди.
Илажда Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратов, Спорт министри Е.Қутыбаев, Өзбекстан Миллий Олимпия комитети Қарақалпақстан бөлиминиң атқарыўшы директоры Ш.Айтбаевлар қатнасты.
Мағлыўмат ушын жарыста Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан жәми 200 ге жақын спортшылар жеңимпазлық ушын беллеседи.


.jpg)

.jpg)



