Гүрес бойынша Азия кубогы болып өтти

Нөкис қаласындағы Орайлық Амфитеатрда спорттың Гүрес түринен (ересеклер) ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында Азия кубогы болып өтти.
Жарыстың ашылыўа арналған илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы М.Атамуратов, Өзбекстан Республикасы Спорт министри орынбасары Ш.Махмудовлар қатнасты.
Мағлыўмат ушын жарысқа Өзбекстан, Сингапур, Саудиа Арабия, Түркменстан, Индия, Қырғызстан, Қытай Тайбейи ҳәм Тәжикстан мәмлекетлеринен 100ге жақын спортшылар 9 салмақ категориясында жеңимпазлық ушын беллести.
Атап өтилгениндей, соӊғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, жасларды спортқа кеңнен қамтып алыўға, Олимпия спорт түрлери менен бир қатарда миллий спорт түрлерин де раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылып атыр.
Әлбетте, усындай жарыслардың өткерилиўи елимизде гүрес спорт түрин және де ғалабаластырыўда ҳәм оны халықаралық көлемде еле де кеңнен танытыўда әҳмийетли орын ийелейди.
Өткерилген илаж даўамында өз салмақ категориясы бойынша жеңимпазлар қатарынан орын алған бир қатар жасларға медаль ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
.jpg)
.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)


