Қәдирли оқыўшылар, әзиз мектеп питкериўшилери!

Ең дәслеп, сизлерди бүгинги мектепти питкергениңиз ҳәм үлкен өмирге қәдем қойып атырғаныңыз бенен қызғын қутлықлаймыз.
Сизлер көптен күткен сәнеде республикамыздың барлық орынларында «Соңғы қоңыраў” сести жаңлап, питкериўши жаслар қәдирли мектеплери, мийирман устазлары менен хошласпақта. Бүгинги сәнеде қаншама жасларымыз алтын медаль, гүмис медаль менен мектепти жоқары баҳаларда питкерип атыр.
Әлбетте, булардың барлығы тек ғана сиз – жаслар емес, ата-аналар, устаз ҳәм оқытыўшылар ушын да айрықша итибарға ылайық ўақыя есапланады.
ϴткен жылларға нәзер таслайтуғын болсақ, сизлердиң турмысыңызда үлкен тарийхый өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берип атырғанын көплеген мысалларда көриўимиз мүмкин.
Атап айтқанда, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Әсиресе, Президентимиз тәрепинен қабыл етилген 213-санлы тарийхый пәрман менен қарақалпақстанлы жасларға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде ҳәр жылы қосымша квоталар ажыратылып атырғаны кеўиллерге айрықша мақтаныш сезимлерин бағышлайды.
Буннан тысқары, елимиз келешеги болған сиз-жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар нәтийжесинде питкериўши жасларымыз арасынан мүддетинен алдын жоқары оқыў орынларына кириў бахтына ерисип атырған жаслар саны күн сайын артып бармақта. Олар бүгин дүняның белгили жоқары оқыў орынларына ҳәм елимиздеги филиалларына грант жеңип алып, студент болған жаслар есапланады. Әлбетте, бундай мысалларды еле кѳплеп келтириўге болады.
Қәдирли жаслар!
Сизлерди мектеп билимлендириўин нәтийжели жуўмақлағаныңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, ҳәммеңиз студент болыў бахтына миясар болғайсыз деп тилеп қаламыз.
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы