Аўыр социаллық жағдайдағы жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған меморандумға қол қойылды

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлигинде “ИнФинБанк” АЖ ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен бирге ислесиў меморандумына қол қойыў мәресими болып өтти.
Онда Социаллық қорғаў миллий агентлиги директоры Мансурбек Оллойоров, “ИнФинБанк” АЖ акционери Фарҳод Мамаджанов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.
Меморандум шеңберинде “ИнФинБанк” тәрепинен қәўендерлик қаржылары есабынан Қарақалпақстан Республикасындағы аўыр социаллық жағдайдағы жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 16 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылатуғыны белгиленди.
Жойбар шеңберинде жас шаңарақлар жасап атырған аўыр жағдайдағы турақ жайлардың орнына жаңа турақ жайлар қурылып берилип, зәрүр инфраструктура жаратыў ҳәм қуяш панеллерин орнатыў жумыслары әмелге асырылады. Жәми 101 турақ жайдың қурылысы нәзерде тутылған.
Бул меморандум Қарақалпақстан Республикасындағы жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс шараятларын жақсылаў ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы әҳмийетли әмелий қәдем болып хызмет етеди.