Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары соңғы қоңыраў илажында қатнасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов Нөкис қаласындағы Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектебинде өткерилген соңғы қоңыраў илажында қатнасты.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ питкериўши ул-қызларға жоллаған қутлықлаўы оқып еситтирилди.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары мектеп питкериўшилерин қутлықлады.
Буннан соң теңлеслери арасында айрықша қәбилети, билими ҳәм үлгили минез-қулқы менен көзге түскен оқыўшылар, олардың ата-аналары ҳәм билим берген устазларына миннетдаршылық билдирилди.
Өткерилген илажда Президентимиз тәрепинен елимиздиң келешеги болған жасларға қаратылып атырған итибар ҳәм имканиятлар атап өтилип, бул имканиятлар тийкарында көплеген жаслар өзлериниң талант ҳәм уқыплылығын жүзеге шығарып атырғаны ҳәм көплеген жетискенликлерге ерисип киятырғанлығы сөз етилди.
Илаж даўамында соңғы қоңыраў қағылды.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
