Мәмлекетлик сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырды

Жақында ҳүрметли Президентимиздиң «Мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўлары хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилип, усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасынан бир топар тараў ўәкиллери сыйлықланды.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пәрман тийкарында сыйлықланған тараў хызметкерлерин қутлықлады ҳәм мәмлекетлик сыйлықларды өз ийелерине тапсырды.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда барлық тараўлар қатарында мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўларына да айрықша итибар қаратылмақта.
Бул бағдарда, арнаўлы қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, усы тийкарда мәдений турмысымызда әҳмийетли орын ийелейтуғын жаңаланыўлар жүз бермекте.
Илаж даўамында мине усындай ийгиликли жумыслар ҳаққында атап өтилди ҳәм кең имканиятлар жаратып бергени ушын тараў ўәкиллери сондай-ақ, пүткил халқымыз атынан ҳүрметли Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирилди.







