«Жаслар ҳаўазы» фестивалының ашылыў салтанаты болып өтти

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен елимиздиң қыз-жигитлерин Қарақалпақстанның турмысы менен жақыннан таныстырыў сондай-ақ, дөретиўши жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийетшиликке кеңнен танытыў мақсетинде «Бозатаў фест» жаслар фестивалы шөлкемлестирилген еди.
Қысқа ўақыт ишинде «Бозатаў фест» Жаслар ҳаўазы Республика жаслар фестивалы пүткил Өзбекстан бойынша жас талантларды жүзеге шығарыўда әҳмийетли болған илажлардың бирине айланып үлгерди.
Кеше Бозатаў районында фестивальдың ашылыў салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, елимиздиң мың-мыңлап жасларын өзинде жәмлеген фестивальдың ашылыўы менен жыйналғанларды қутлықлады ҳәм барлық қатнасыўшыларға әўмет яр болыўын тиледи.
Соны да айрықша айтыў керек, Бозатаў бүгинги күнде жаңа талантларды жүзеге шығаратуғын ҳәм жасларды бирлестиретуғын дослық мәсканына айланып бармақта.
Усы жылғы таңлаўға да мәмлекетимиз бойынша жәми 370 мыңға шамалас жаслар қатнасқан болса, соннан 160 тан аслам жаслар Бозатаў районында болып өтетуғын финал басқышына жетип келди. Әлбетте, басланып атырған фестиваль талантларды жүзеге шығарыўда, дослық, татыўлық ҳәм аўызбиршиликти еле де беккемлеўде әҳмийетли майдан болады.
Бүгинги ашылыў салтанатында елимиздиң барлық аймағынан қатнасыўшылар – өз аймақларында теңсиз деп табылған жас талант ийелери ҳәм мийманлар қатнасты.
Ашылыў салтанаты концерт бағдарламасы менен даўам етти.
.jpg)

.jpg)

.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
