Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Балалар миллий медицина орайы Аралбойы клиникасындағы балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады

«1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамы республикамыз бойынша орынларда кең түрде белгиленбекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов Балалар миллий медицина орайы Аралбойы клиникасындағы балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ертеңги келешегимиз ийелери болған балаларды ҳәр тәреплеме жетик, озық-ойлы, ана Ўатанымызға садықлық пенен хызмет ететуғын бәркамал әўлад етип камалға келтириў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Әсиресе, саламатлығын тиклеп атырған ул-қызларды руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, олардың қәлбинде өмирге, келешекке болған исенимди және де беккемлеў айрықша әҳмийетке ийе.
Илаж шеңберинде клиникада емленип атырған ҳәр бир балаға итибар көрсетилип, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары тәрепинен байрам саўғалары тапсырылды.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)

