Ғәрезсизлигимиздиң отыз бес жыллығы қарсаңында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды

Заманагөй шараятлар ҳәм қолайлы хызмет орталығы ҳәр бир хызметкердиң жумыс нәтийжелигин арттырыўға үлкен үлес қосады. Нөкис қаласының орайын безеп турған Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жаңа имараты да тараў ўәкиллерин жаңа мақсет ҳәм жаңа шеклерге қарай шақырыўға таяр ҳалға келтирилди.
Имараттың салтанатлы ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри генерал-лейтенант Азиз Ташпулатов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, барлық ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, жәмийетшилик ўәкиллери, ветеранлар ҳәм жеке қурам қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен ишки ислер уйымлары системасын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде жаратылып атырған шараятлардың үзликсиз даўамы сыпатында қурылған бул имарат ғәрезсизлигимиздиң
35 жыллығы алдында ҳақыйқый саўға болғаны атап өтилди.
Буннан соң ветеранлар тәрепинен символикалық ленталар кесилип, илаж қатнасыўшылары жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Улыўма алты қабаттан ибарат, заманагөй шешимлер менен қурылған имараттың биринши қабатында нәўбетшилик бөлими жайласқан болып, онда мағлыўмат алмасыў ҳәм күш-қуралларды басқарыўда санластырылған система қолланылмақта.
Хызметкерлердиң хызмет бөлмелеринде де барлық қолайлықлар жаратылып, зәрүр техникалық қураллар менен толық тәмийинленген.
Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хызметкерлери ушын жаңа хызмет автомобильлери ҳәм броньланған техникалар тапсырылды.
Бундай дөретиўшиликлер, заманагөй имканиятлар, қолайлы шараятлар әлбетте жынаятшылықтың ерте алдын алыў, халықтың тынышлығын тәмийинлеў жолында хызмет етип атырған хызметкерлердиң жумысында күш ҳәм ғайрат бағышлайды.
.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)

