Жасларға жеңиллетилген кредитлер ажыратылады

«Исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў арқалы жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-210-санлы, 01.06.2026-ж.) қабыл етилди.
Қарарға муўапық, АК «Алоқабанк» тәрепинен «Жаслар бизнеси» бағдарламасы шеңберинде 31 жасқа толмағанларға тийкарғы қарыздан 1 жылға шекем, процент төлемлеринен 3 айға шекем жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекем кредитлер Орайлық банк тийкарғы ставкасынан 4 процентлик пункт жоқары ставкада ажыратылады:
✅ қамсызландырыў полиси тәмийнаты ямаса 3-шахс кепиллиги тийкарында 100 млн. сумға шекем жеңиллетилген микроқарызларды төмендеги жойбарлар бойынша ажыратыў:
➖ жаслардың шет тили ҳәм санлы технологияларды үйрениўи ҳәм заманагөй кәсип-өнер ийелеўи бойынша оқыў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын - 20 млн. сумға шекем;
➖ заманагөй кәсиплер, соның ишинде, социаллық тармақлар маркетинги, мобилография, фрилансерлик, интернет (онлайн) дүканлар шөлкемлестириў ҳәм өзин-өзи бәнт етиў жумыс түрине сәйкес жойбарлар ушын - 50 млн. сумға шекем;
➖ жумысты үйге бөлип алып ислеў, тоқымашылық өнимлерин таярлаў, тигиўшилик ҳәм басқа да өнимлерди екилемши қайта ислеў ҳәм (ямаса) сатыў, олардан жаңа өнимлер таярлаў жойбарлары ушын - 50 млн. сумға шекем;
➖нанбайшылық ҳәм мазалы затлар таярлаў ҳәм сатыў жойбарларына - 100 млн. сумға шекем.