Дыққат дағаза!

Халқымыз, соның ишинде жасларымыз арасында кибержынаятларға қарсы гүресиў илажларын кеңнен үгит-нәсиятлаў, кибержынаятлардың алдын алыў, бундай түрдеги жынаятлардан сақланыў, сондай-ақ, наркоманияның аўыр ақыбетлери нәтийжесинде жүзеге келиўи мүмкин болған жағдайлардың алдын алыў бағдарында үгит-нәсият жумысларын кеңнен ен жайдырыў мақсетинде: «Нәшебентликке қарсы гүресиў темасындағы ең қысқа, мазмунлы ҳәм тәсиршең видеороликлер» таңлаўы, сондай-ақ «Кибержынаятқа қарсы гүресиў бойынша ең қысқа, мазмунлы ҳәм тәсиршең видеороликлер» таңлаўлары өткериледи.
Таңлаў тийкарында қатнасыўшылар қысқа ҳәм тәсирли видео арқалы бул жынаятлардың ақыбетлери ҳәм оның халқымызға унамсыз тәсирин жеткерип бериўи керек.
Қатнасыўшылар 14-30 жастан аспаўы керек. Ҳәр бир таңлаў бойынша жеңимпазлар ушын ажыратылған саўғалар:
1-орын ушын 20 миллион;
2-орын ушын 15 миллион;
3-орын ушын 10 миллион;
❗️Таңлаў бойынша таярланған видеоматериалларыңызды 10-25-июнь күнлери аралығында @kreativ_mobilograf_bot мәнзилине жоллайсыз.
Келип түскен видеороликлер арнаўлы комиссия ағзалары тәрепинен 10 күн ишинде көрип шығылады ҳәм таңлаў жеңимпазы анықланады.