«Women in turism-2026» III форумының ашылыў мәресими өткерилди

Бүгин Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде жайласқан, көп миллетли халқымыздың дослық символына айланған «Қара үй»де Орайлық Азия исбилерменлериниң туризм тараўындағы «Women in turism-2026» III форумының ашылыўына арналған илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслыгының орынбасары Р.Нуразизов шығып сөйлеп, жыйналғанларды форум ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде ишки ҳәм сыртқы туризмди раўажландырыў, елимиздиң туристлик потенциалын арттырыў, исбилерменлер ҳәм бул бағдарда жумыс алып барып атырған ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, тараўға инвестицияларды кеңнен тартыў ҳәм туристлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша кеӊ көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Буның нәтийжесинде елимизге келиўши туристлер саны артып бармақта.
Бул бағдарда әсирлер даўамында жақын қоңсышылықта, бирге жасап келген Орайлық Азия халықлары арасындағы байланыслар еле де беккемленип бармақта.
Соны айрықша айтыў керек, бүгин Орайлық Азия еллери қатарында регионымыздың да туризм потенциалы артып, мийманларда үлкен қызығыўшылық оятып атыр. Бунда әлбетте, исбилермен ҳаял-қызлардың орны айрықша есапланады.
Бүгинги халықаралық форум да усындай ийгиликли ислерди жаңа басқышқа алып шығып, Орайлық Азия мәмлекетлери арасында туризм тараўында бирге ислесиўди және де раўажландырыў, әсиресе, ҳаял-қыз исбилерменлер арасында қоспа бизнес жойбарларын әмелге асырыў жумысларында әҳмийетли майдан болып хызмет етеди.
Ашылыўға арналған илаж форум шеңбериндеги сөйлесиўлер менен даўам етти.
.jpg)
.jpg)


.jpg)