Жеңимпазлар мүнәсип күтип алынды

Жақында Самарқанд ўәлаятында кәсип-өнер мектеплери арасында ҳәм улыўма билим бериў мектеплери арасында "Жас қутқарыўшы - 2026" жарысының Өзбекстан Республикасы басқышы болып өткен еди.
Онда Қарақалпақстан Республикасынан қатнасқан Нөкис қаласы 1-санлы техникумының "Жайҳун" командасы теңлеслери арасында айрықша таярлығы менен ажыралып турды ҳәм сыйлы 1-орынды ийеледи. Сондай-ақ, Нөкис қаласы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң командасы да теңсиз деп табылды.
Бүгин Нөкис темир жол вокзалында чемпионларымызды күтип алыўға арналған илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов қатнасып, жеңимпаз командалар ағзаларын ерискен жоқары нәтийжеси менен қутлықлады.
Атап өтиў орынлы, бул жарыста республикамыздың түрли аймақларынан келген командалар өз-ара беллесип, өзлериниң айрықша жағдайларда қандай шәпиклик пенен ҳәрекет ететуғынлығын көрсетти.
Ал, чемпионларымыз болса өз теңлеслери арасында ең жоқары нәтийже көрсетип, жарыс ушын арналған кубогты Нөкис қаласына алып келди.
.jpg)

.jpg)
