«Бозатаў фест» жаслар ҳаўазы фестивалы мың-мыңлап жасларды өзинде жәмледи

Нөкис қаласында «Бозатаў фест» жаслар ҳаўазы фестивалының сыйлықлаў мәресими ҳәм гала-концерт бағдарламасы өткерилди.
Фестивальда елимиздиң барлық аймағынан қатнасыўшылар – өз аймақларында теңсиз деп табылған жас талант ийелери ҳәм мийманлар қатнасты.
Сыйлықлаў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, фестивальда мүнәсип қатнасып, жоқары натийжелерди қолға киргизген жасларды қызғын қутлықлады.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги директоры А.Саъдуллаев қатнасты.
Буннан соң, барлық бағдарлар бойынша жеңимпаз болған, өз жөнелисинде теңсиз деп табылғанлардан биринши орын ийелерине 50 миллион сум, екинши орынларға 30 миллион сум, үшинши орынларға 20 миллион сум пул сыйлығы тапсырылды.
Сондай-ақ, республикалық басқыштың басқа барлық қатнасыўшылары 10 миллион сумнан сыйлықланды.
Көркем өнер шеберлериниң, белгили эстрада қосықшыларының ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы, салютлар шоусы қатнасыўшылар менен мийманларда айрықша тәсир қалдырды.
Бозатаў шын мәнисинде жаңа талантларды жүзеге шығарды десек алжаспаған боламыз.
.jpg)
.jpg)
.jpg)


.jpg)
.jpg)

