ПФК «Арал» командасы Про Лига ойынларында жетекшилик орнын беккемледи
128

Футбол бойынша Өзбекстан Про Лига ойынларының биринши айланым ойынлары жуўмақланыўына санаўлы турлар қалды.
Онда табыслы қатнасып атырған «Арал» футбол командамыз жазғы дем алыс алдынан 10-тур жуўмағы менен тийкарғы қарсыласы болған «Шўртан» командасын 3 очко парқ пенен артта қалдырды. Ҳәзирги ўақытта «Арал» өз есабына 26 очконы жазып, биринши орында келмекте.
Атап өтиў орынлы, 11-тур ойынлары шеңберинде командамыз «Шўртан»ға қарсы майданға түседи. Егер, «Арал» бул ойында жеңиске ериссе, тийкарғы қарсыласы менен арадағы парқты 6 очкоға жеткереди ҳәм Про Лигадағы жетекшилик орнын еле де беккемлейди.
