ДАҒАЗА

Соңғы үш жылда жоқары оқыў орынларын табыслы тамамлаған билимли ҳәм лидер жасларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесине ашық таңлаў тийкарында жумысқа қабыл етиўдиң екинши басқышы жуўмақланды.
Екинши басқыштың нәтийжелерин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң www.tanlawjk.uz веб-сайтында ашылған жеке кабинетлериңизге кирип билиўиңиз мүмкин.
Үшинши басқыш - таңлаў қатнасыўшыларының пикирлеў ҳәм анализлеў қәбилетин анықлаў мақсетинде шығарма (эссе) жазыў тийкарында өткериледи.
Бунда таңлаў қатнасыўшыларына 5 тараўлық бағдар (тема) усынылады ҳәм биреўин сайлап, ана тилинде шығарма (эссе) жазады. Шығарманы қосымша шет тилинде жазғанларға үстемлик бериледи.
Шығарма жазыў ушын 2 саат ўақыт бериледи. Шығарма жумысын баҳалаўда темаға байланыслы әҳмийетли машқалалар ҳәм олардың шешимлери ҳаққында усыныслар келтирилгенлиги жоқары баҳаланады. Сондай-ақ, теманың мазмун-мәниси толық ашып берилгенлиги, мысаллардан кеңнен пайдаланылғанлығы, стилистикалық ҳәм грамматикалық жақтан дурыс жазылғанлығы, өзине тән дөретиўшилик өзгешеликлери келтирилгенлигине қосымша баҳа қойылады.
Үшинши басқыш, усы жылдың 20-июнь күни Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы имаратында болып өтеди. (Мәнзил: Нөкис қаласы, Тақыятас гүзәри көшеси 53/2-жай, ориентир: Қубла автовокзал).
Талабанларды дизимге алыў азанғы саат 09-00 де басланып саат
09-30 да жуўмақланады. Қатнасыўшылардан шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет (паспорт) талап етиледи.
Мағлыўмат ушын телефон 61-222-74-77