«Жаңа Өзбекстан Олимпия шыңлары» спорт жарысларының 2-басқышы жеңимпазлары сыйлықланды

Нөкис қаласындағы Жаслар майданшасында «Жаңа Өзбекстан Олимпия шыңлары» спорт жарысларының 2-басқышы – «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Олимпиадасы ҳәм Паралимпиадасы»ның сыйлықлаў мәресими өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жеңимпазлықты қолға киргизип, Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алған барлық жасларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары барлық тараўлар қатарында дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, жасларды спортқа кеңнен қамтып алыўға, Олимпия ҳәм миллий спорт түрлерин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылып атыр. Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен өткерилип атырған «Жаңа Өзбекстан Олимпия шыңлары» мине усы бағдардағы ийгиликли ислерден саналады.
Усы жылғы жарыслардың биринши басқышында 13 спорт түри бойынша 23 мыңға жақын жаслар қатнасқан болса, екинши басқыш жуўмағы менен 3 мыңға жақын қатнасыўшы арасынан 350 ден аслам спортшы-жаслар «Президент Олимпиадасы»на жолламаны қолға киргизди.
Ең баслысы, «Президент Олимпиадасы» жаслар ушын тек ғана беллесиўлер майданы емес, шын мәнисинде ҳақыйқый спорт ҳәм дослық байрамына айланып үлгерди.
Жеңимпазлар мүнәсип хошаметленип, буннан соң илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт багдарламасы менен даўам етти.
.jpg)

.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
