Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он екинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме

Усы жылдың 15-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он екинши сессиясы өткерилди. Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.
Дәслеп Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Ресубликасының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылды.
Сессия күн тәртибинде дәслеп «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәмде мәмлекетлик уйымлардыӊ ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитети баслығы Ш.Отемисов баянат жасады.
Күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Энергияны үнемлеў, оннан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети баслығы И.Ниязов баянат жасады.
Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Буннан соң Бюджет дәраматлары режесиниң орынланыўы ҳәм салық қарыздарлықларын кемейтиўде әмелге асырылған жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасына парламентлик сораў жибериў туўралы мәселе ҳаққында Жоқарғы Кеңестиң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитети баслығы Б.Сейтназаров баянат жасады.
Күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Сессия күн тәртибиндеги кеийнги мәселе Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық ўәкилиниң 2025-жылда әмелге асырған жумыслары ҳаққында болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасындағы аймақлық ўәкил Ж.Шлымбетов баянат жасады.
Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Сессия даўамында Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң 2025-жылда орынланыўын сыртқы аудит ҳәм баҳалаўдан өткериўдиң жуўмағы туўралы мәселе бойынша Есап палатасының бас инспекторы - Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиндеги ўәкили Х.Қурбонов баянат жасады.
Бул мәселе де толық қарап шығылып, депутатлар тарепинен қарар қабыл етилди.
Сессияда коммерциялық банклер тәрепинен бағдарламалар шеңберинде кредит қаржылары ажыратылыўы ҳәмде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиў, сондай-ақ, хызметкерлер арасында коррупцияның алдын алыўға қаратылған жумыслар бойынша Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасына жиберилген Парламентлик сораўдың нәтийжеси туўралы мәселе қарап шығылды.
Атап өтиў орынлы, Жоқарғы Кеңестиң өткен тоғызыншы сессиясында усы мәселе бойынша Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасына Парламентлик сораўы жиберилген еди.
Бүгинги сессияда Парламентлик сораўдың нәтийжеси бойынша Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы баслығы А.Исаков баянат жасады.
Күн тәртибиндеги мәселе қарап шығылып, депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Сессия күн тәртибинде өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы ҳәмде оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған пуқаралардың дизимин сессия қарары менен тастыйықлаў мәселеси қарап шығылды.
Өзбекстан Республикасының арнаўлы Нызамын басшылыққа алып, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы жәнеде оларда қурылған имаратлар менен обектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған 800 пуқараның дизими сессия қарары менен тастыйықланды.
Сессия күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары - жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығын сайлаў туўралы мәселе көрип шығылды.
Бул мәселе бойынша Абибуллаев Елубай Онғарбаевичтиң кандидатурасы усынылды.
Талабанның кандидатурасы депутатлар тәрепинен мақулланды ҳәм Е.Абибуллаев – Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының орынбасары - жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығы лаўазымына сайланды.
Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында болып, бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он екинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.





