"Жаңа Өзбекстан ҳаял-қызлар олимпиадасы"ның республикалық басқышында Қарақалпақстан командасы 1-орынды ийеледи

Ташкент қаласындағы Олимпиада қалашасында "Спорт пенен бахытлы өмирге қарай!" сүрени астында "Жаңа Өзбекстан ҳаял-қызлар олимпиадасы"ның республикалық басқышы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан келген қатнасыўшылар, министрликлер ҳәм шөлкемлердиң белсенди ҳаял-қызлары, спортшы ҳаял-қызлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Олимпиада ойынларының жуўмағы бойынша Қарақалпақстан Республикасы командасы командалық есапта биринши орынды ийеледи.
Соны айрықша атап өтиў керек, "Жаңа Өзбекстан ҳаял-қызлар олимпиадасы" ҳаял-қызлардың спорттағы белсендилигин арттырыў, олардың саламатлығын беккемлеў, аймақларда ҳаял-қызларды ғалабалық спортқа тартыў ҳәм қоллап-қуўатлаўға хызмет ететуғын кең көлемли баслама болып есапланады ҳәм республика көлеминде өзинде мың-мыңлаған ҳаял-қызларды жәмледи.

.jpg)

.jpg)





