Дыққат, дағаза!

Қарақалпақстан Республикасында энергия үнемлеўши, сапалы ҳәм арзан баҳада электр ысытыў қазанларын (котёллар) ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Энергия үнемлеўши электр ысытыў қазаны» таңлаўы өткериледи.
Бул таңлаў 18 жастан жоқары болған исбилерменлер, стартапер, студент жаслар ҳәм пуқаралар арасында өткериледи.
Таңлаўда қатнасыў ушын өзиңиз ҳаққындағы ҳәм исбилерменлик кәрханаңыз ҳаққындағы мағлыўматларыңызды 17-30-июнь күнлери аралығында арнаўлы комиссияның @registraciya2026bot боты арқалы жолласаңыз болады.
Таңлаў жуўмағында қатнасыўшылар тәрепинен ислеп шығылған ҳәм еӊ жақсы деп табылған электр ысытыў қазанлары жеңимпаз деп табылып, қаржылай сыйлықланады.
1- орын ушын – 20 000 000;
2- орын ушын – 10 000 000;
3- орын ушын – 5 000 000.