Төрткүлде “Эсар Жайҳун шамоллари” дәстүрий қосықшылық таңлаўына старт берилди

Миллий қосықшылық өнерин қәстерлеп сақлаў, жас талант ийелерин қоллап-қуўатлаў ҳәм тәкирарланбас көркем өнер ғайраткери Отажан Худойшукуров жаратқан мектепти раўажландырыў мақсетинде Төрткүл районында “Эсар Жайҳун шамоллари” дәстүрий қосықшылық таңлаўы басланды.
Илаждың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов ҳәм белгили мәденият хызметкерлери шығып сөйлеп, көркем өнер шеберлериниң дәстүрлерин даўам еттириў ҳәм жаңа ҳаўазларды жаратыўдың әҳмийетине тоқтап өтти.
Ашылыў бөлими ел сүйген қосықшылардың нама ҳәм қосықлары менен байрам бағдарламасына айланып кетти.
Таңлаўда мәмлекетимиздиң көпшилик аймақларынан келген 60 қа шамалас жас ҳәм үмитли атқарыўшылар Отажан Худойшукуров репертуарындағы ҳәм миллий классикалық қосықларды атқарып, өз шеберликлерин көрсетти.
Таңлаў жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери бүгин районда жаңадан бой тиклеген Отажан Худойшукуров атындағы амфитеатрдың салтанатлы ашылыў мәресиминде мүнәсип сыйлықланады.
.jpg)

.jpg)


