Төрткүл районында жаңа кәрхана пайдаланыўға тапсырылды

Усы жылдың 19-июнь күни Төрткүл районында санаатымызды раўажландырыўда ҳәм экономикамызды және де беккемлеўде әҳмийетли орын тутатуғын «Degore-glass T» кәрханасының ашылыўына арналған илаж болып өтди..
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, жаңа кәрхананың пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Елимизде ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен кең көлемли жаңаланыўлар ҳәм өзгерислер жүз бермекте.
Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў бойынша жаратылған имканиятлар нәтийжесинде бүгин Төрткүл районында шийше ыдысларын қайта ислеў жойбары әмелге асырылды. Нәтийжеде жылына 4,5 миллион дана өнимлер ислеп шығарылыўы жолға қойылып, 80 нен аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды.
Әлбетте, бул кәрхана елимиздиң экономикасын беккемлеў ҳәм халқымыздың абаданлығы жолында узақ жыллар даўамында хызмет етеди.
Илаж даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы кәрхана жумыслары менен жақыннан танысты.


.jpg)
.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)
