Жаңа Амфитеатрдың пайдаланыўға тапсырылыўы Төрткүл районы халқы ушын байрам салтанатына айланды

Төрткүл районында жаңа амфитеатрдың пайдаланыўға тапсырылыўы ҳәм миллий қосықшылық өнеримизде өшпес из қалдырған бийтәкирар ҳаўаз ийеси Отажон Худойшукуровтың естелигине арнап өткерилген «Есер Жайҳун самаллары» республикалық таңлаўы жеңимпазларын сыйлықлаўға арналған илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды район орайында жаңадан бой тиклеген саўлатлы имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен район халқын қутлықлады ҳәм таңлаў жеңимпазларын сыйлықлады.
Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары даўамында атақлы хош ҳаўаз қосықшымыз Отажон Худойшукуровтың атына Төрткүл районында Амфитеатр қурыў бойынша билдирилген усыныс қоллап-қуўатланып, анық ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Усы тийкарда 13 миллиард сум қаржы тийкарында 2000 орынлы Амфитеатр қурылып, пайдаланыўға тапсырылды ҳәм район халқының көп жыллық арзыў-нийетлери шынлыққа айланды.
Әҳмийетли тәрепи, ендигиден былай райондағы барлық үлкен мәдений илажлар ҳәм байрам салтанатлары усы жерде өткериледи.
Бүгинги өткерилген ашылыў салтанатында «Есер Жайҳун самаллары» таңлаўы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресиминиң өткерилиўи илажға және де көтериңки руўх бағышлады.
Ашылыў салтанаты көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)
