Нөкис қаласында Жаслар форумының ашылыў салтанаты өткерилди

Бүгин Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде жайласқан, көп миллетли халқымыздың дослық символына айланған «Қара үй»де «Аймақлық электр тармақлары» жәмийети басламасы менен «Бир Ўатан, бир халық болып, жаңа өмир ҳәм келешек жаратамыз!» сүрени астында өткерилип атырған жаслар форумының ашылыў салтанаты өткерилди.
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, «Аймақлық электр тармақлары» жәмийети баслығы А.Аскаров, энергетика тараўы системасында жумыс алып барып атырған жаслар қатнасты.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары жасларға болған итибар мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланып, бул бағдарда кең көлемли илажлар даўам еттирилмекте.
Бүгинги басланып атырған форум да мине усындай ийгиликли ислердиң даўамы болып, жаслар арасында дослық ҳәм аўызбиршилик қатнасықларын жәнеде беккемлеўде, олардың өз-ара пикир алмасып, тәжирийбе арттырыўында ҳәм қәбилетин жүзеге шығарыўында әҳмийетли майдан болып хызмет етеди.
Буннан соң арнаўлы павильонда мәмлекетимиздиң барлық ўәлаятларынан келген тараў ўәкиллериниң аймақлық өзгешеликлери сәўлеленген көркем шығыўлары тамашаланды.


.jpg)
.jpg)