Химия санаатын раўажландырыў мәселелери талқыланды

Бүгин Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы имаратында химия санааты тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен ушырасыў өткерилди.
Онда дәслеп, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында исбилерменликти раўажландырыў, инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў бағдарында жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Соның менен бирге, санаатымызды раўажландырыўға еле де жаңаша пәт ендириў бағдарында исбилерменлердиң пикир-усыныслары тыңланды.
Ҳәр бир көтерилген мәселе Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, анық илажларды көриў ҳәм исбилерменлердиң барлық машқалаларына әлбетте, унамлы шешим табыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
