Шарўашылық тармағындағы хожалықлар ҳәм исбилерменлер менен ушырасыў өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шарўашылық тармағында жумыс алып барып атырған фермер хожалықлары басшылары ҳәм исбилерменлер менен ушырасты.
Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиз басшылығында исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, усы қатарда аўыл хожалығы ҳәм шарўашылықты раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм жаратылып берилип атырған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында берилген жеңилликлер, олардан пайдаланыў мәселелерине де итибар қаратылды.
Өткерилген ушырасыў даўамында шарўашылықты, соның ишинде қусшылық ҳәм балықшылықты раўажландырыў бағдарынша фермер хожалықлары ҳәм исбилерменлердиң пикир-усыныслары тыңланды.
Соның менен бирге, халқымыз дастурханына арзан ҳәм сапалы гөш, сүт ҳәмде қусшылық өнимлерин жеткерип бериў оғада әҳмийетли екенлиги айрықша тилге алынды.
Буннан тысқары, тармақты раўажландырыў бағдарында еле де шешимин күтип турған мәселелер белгилеп алынды.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
