Муай-тайшыларымыз Жәҳән чемпионатында жеңимпазлар қатарынан орын алды
312

Малазия мәмлекетинде спорттың Муай-тай түринен U-12, U-14 ҳәм U-18 жастағы ер балалар ҳәм қызлар арасында Жәҳән чемпионаты болып өтти.
Онда Өзбекстан сайланд командасы қурамында А.Төрабаев, А.Сабуров ҳәм С.Азаматовлар барлық қарсыласларынан үстем келип, 1-орынды ийеледи ҳәм алтын медальды жеңип алды.
Сондай-ақ, усы чемпионатта С.Рахматуллаев ҳәм Д.Мадримова 2-орынды ийлеген болса, Ж.Асқаров, К.Айтбаев ҳәм А.Абдуллаевлар сыйлы 3-орынды ийеледи ҳәм сайланды командамыз есабына өз медальларын жазып қойды.
.jpg)
