Гулистан Пердебаева Азия чемпионатында қола медалын қолға киргизди
317

Ҳиндстанның Ню-Дели қаласында спорттың қылышпазлық түри бойынша Азия чемпионаты болып өтпекте.
Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасып атырған Гулистан Пердебаева сабля жөнелиси бойынша Ҳиндстан, Қытай, Япония сыяқлы мәмлекетлердиң ўәкиллеринен үстем келип, ярым финалға шекем жетип барды.
Беллесиўлер жуўмағына бола спортшымыз қола медаль ийесине айланды ҳәм сайланды командамыздың усы чемпионаттағы дәслепки медалын алып берди.



