Жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасының 2-ойыны Португалия сайланды командасына қарсы 23-июнь күни 22:00 де болып өтеди.

❗️Қарақалпақстан Республикасы аймағында футбол бойынша жәҳән чемпионатын тамаша етиў ушын шөлкемлестирилип атырған орынлар дизими:
1. Нөкис қаласы - Дослық каналы бойындағы Жаслар майданшасында;
2. Нөкис районы - Нөкис районы спорт мектебиниң стадионында;
3. Мойнақ районы – Мәденият орайы имаратында;
4. Қоңырат районы - Ҳәкимлик имараты жанындағы "Жаслар сейил етиў орны" бағында, жазғы сахнада;
5. Қанлыкөл районы - Ҳәкимлик имараты жанындағы "Жаслар сейил етиў орны"нда;
6. Шоманай районы - Мәденият орайы имаратында;
7. Хожели районы – Район ҳәкимлиги жанындағы Мәденият саҳнасы жанында;
8. Тақыятас районы – Район ҳәкимлиги имараты жанындағы майданшада;
9. Тахтакөпир районы – Мәденият орайы имаратында;
10. Қараөзек районы - "Жайҳун рестораны"нда ҳәм Жаслар орайы имаратында;
11. Шымбай районы - "Бахыт сарайы" тойханасында;
12. Бозатаў районы - Бозатаў районы Жаслар ислери агентлиги жанындағы майданда;
13. Кегейли районы - Орайлық стадионында;
14. Төрткүл районы – А.Худайшукуров атындағы Амфитеатрда;
15. Елликқала районы - "Яғду" тойханасы жанында;
16.Беруний районы - Ҳәкимлик имараты жанындағы үлкен пикник майданшасында;
17. Әмиўдәрья районы – «Дослық» МПЖ «Ваҳум» посёлкасындағы балалар ойын майданында.